⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПРИ

Русский → Қарақалпақша

I предлог с предл. п. 1. (около, возле, у) қасында, жанында, түбинде;
разбить сад ~ доме жайдың қасына бағ егиў;
~ входе кирер аўызда;
2. (в присутствии) алдында, көз алдында;
~ мне мениң көз алдымда;
сказать ~ всём народе көпшиликтиң алдында айтыў;
3. (во время, в эпоху) ўақтында, тусында, заманда;
~ жизни тири ўақтында, тирисинде;
при смерти өлер алдында;
~ Петре Первом Пётр Бириншиниң ўақтында;
4. (посредством, благодаря, вследствие) арқасында, себебинен, салдарынан;
менен;
~ помощи друзей досларының жәрдеминиң арқасында;
5. (указывает на наличие чего-л.) қасында, жанында;
иметь справку ~ себе жанында справкасы болыў;
паспорт ~ вас? паспортыңыз қасыңызда ма?;
6. (указывает на подчинённость, принадлежность) =да, =де, =та, =те қасындағы, жанында;
ясли ~ заводе заводтың қасындағы ясли;
работать ~ штабе штабта ислеў;
адъютант ~ генерале генералдың қасындағы адъютант;
7. (несмотря на) қарамастан;
~ всём том усының барлығына қарамастан;
~ всём желании барлық тилеклерге карамастан;
~ его уме оның ақылы менен;
~ этом усының менен бирге.
II приставка 1. фейиллерди жасағанда төмендеги мәнилерди билдиреди: 1) ҳәрекеттиң ақырына дейин болғанын, мыс.: приехать келиў;
прибежать жуўырып келиў;
2) ҳәрекеттиң бир жуўмаққа келиўин, мыс.: приготовить таярлап қойыў;
приучить үйретиў;
3) жақынласыўды, жақын тийиўди, мыс.: приставить жақын қойыў, сүйеп қойыў;
притронуться тийип кетиў;
4)бириктириўди, жабыстырыўды, мыс.: приклеить желимлеў;
примёрзнуть қосылып тоңлап қалыў;
5) басыўды, тығызлаўды, мыс.: придавить үстинен басыў;
примять басып тастаў;
6)ҳәрекеттиң өзине ҳәм өз мәпине арналғанын, мыс.: привлечь қатнастырыў, тартыў;
присвоить өзиникине айландырыў;
7) үстине қосылыўды, қосып алыўды, мыс.: прикупить қосып сатып алыў;
приписать қосып жазыў;
8) ҳәрекеттиң толық емеслигин, мыс.: приоткрыть азырақ ашыңқыраў;
притушить сөндириў;
2. атлықларды ҳәм келбетликлерди жасағанда «қасындағы, жанындағы, капталындағы» деген мәнилерди береди, мыс.: Приуралье Урал жаны;
приусадебный үй қапталы.