ӨТКИР
Қарақалпақша
кел. 1. Кескиш, тескиш, кескир, қыйғыр.
Адам өлген жайып қушақ, Көздиң жасы моншақ-моншақ, Қолларында өткир пышақ, Жәлладдарды умытпаспан (Күнхожа).
Нағыз ғош жигиттиң қолында мына бел өткир жүзли қылыштай қәҳәр менен ойнайды (А.
Бекимбетов).
2. Аўыс. Өткиш, алғыр, орынлағыш, ислегиш, жиғерли.
Жигит сылбыр болса оннан ис күтпе, Өткир болсын, дәртин анда, йошын көр (Қ. Ирманов).
Қуяштың өткир нурына төтепки бере алмай қардың әбигери қашып, мумдай ерийди (К.
Султанов).
Мениң билиўимше шайыр тили кармақгай өткир (К.
Султанов).
0 Өткир сөз — гәпин, сөзин орынға отырғызатуғын, орынланатуғын.
Оттай жайнап көзлери, Оқтан өткир сөзлери, Халыққа белли өзлери, Батырлықта Баймаңды айт (Бердақ).
Өткир нәзер — жүдә бар ыкдасы менен берилген нәзер.
Ол қайтадан өткир нәзерин хатқа тигип оқый баслады (А.
Бекимбетов).
Өткир көз — шын кеўил менен қараў, қырағы көз.
Универсалшы жигит солдаттай денесин жыйнакды услап өткир көзлерин флаг услаған қызга тигеди (Қ. Султанов).
Мени дәрхал аңырайтып таслаган, Дөңгеленген оқтай өткир көзи екен (Ә.
Әжиниязов).
Өткир зейинли — ҳәр нәрсеге зейини алыса беретуғын, зейини алғыр, жүдә билгиш.
Екеўи де өткир зейинли, көркем келбетли, мүнәйим минезли уқыплы болды (Ж.
Аймурзаев).