ӨРТ
Қарақалпақша
ат. 1. Тийген жериниң бәрин жандырып, өртейтуғын, қуртатуғын лаўлап жанған от.
Адамдарды өрт сөндириўге бөлистирип жиберди (А.Бекимбетов).
Олар ойынға қунығып өрт әдеўир-ақ алысқанша билмейди (Г.Изимбетов).
Өзегин өрт шалған қараман ағаш, Ашықлардың орманынан сөйлесин (И.Юсупов).
2. аўыс. Қайғы, ҳәсирет, уўайым.
Сорлы көрким бул әлемге өрт салған, Жас жанлардың жүрегине дәрт салған (И.Юсупов).
Сондықтан бул саўдада қабарсам да, қайыссам да, мәрт болсам да, өрт болсам да, кисиден көрип, кисини гүнақар етпей мен (К.Султанов).