ӨРРЕ
Қарақалпақша
ф. өрре турыў.
Тик турыў, тез турыў, ушып турыў.
Аймереке орнынан өрре турды (Ж.Аймурзаев).
Уйқысын шайдай ашып ҳаялы да орнынан өрре турды (К.Султанов).
Егин ексең өрре турған, Шөплеринде дәри де бар (И.Юсупов).
Үсти-басы олпы-солпы бирэўди ертип киятырғанымды көрген баллар орынларынан өрре-өрре турды (М.Нызанов).
Жүрегин баўрына қысып, отырған орнынан өрре турып кеткенин билмей қалады (К.Султанов).
Нуржамал орнынан өрре турып, «шеше, шеше!» деп, кемпирге қолын узатты (К.Султанов).
Таң ата шыққан зарлы сес, қақыраның айнасына жақын жерде жатырған Бердақты шоршындырып, орнынан өрре турғызды (А.Садықов).