⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРЛЕЎ I

Қарақалпақша

ф. 1. Самал яки суўдың ағысына қарсы жүриў, ушыў. Аспандағы өрлеп ушқан шағала, неге сансыз ой саласаң санама? (Ш.Мәмбетмуратов). Көп балалар күн қызыўдан сайыз суўға өрлеп шыққан ҳәр түрли балықларды услады (А.Бекимбетов). 2. Алға басыў, раўажланыў, келисиў, илгерилеў. Оқыды патша жасынан, Кетпеди молла қасынан, Таймады дәулет басынан, Талабы өрлеген екен (Бердақ). Қыйын өткен еди атлаған жери, Бирак, ол өрледи алға илғери (И.Юсупов). Тарлан пахта еле шыңға өрлер көп, Шыққан шаңарағым, өскен шаңлағым (Ә.Әжиниязов). 3. Көтерилиў. Модалар балтырдан жоқары өрлеп, Кеткенде де олар бузбады қызлар (И.Юсупов).