⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЛТИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тиришиликтен айырыў, жасаў қәбилетин жойтыў, жанын шығарыў. Еки инисин өлтирип, мәнисине келтирип, Ақылы жоқ Айдостың келгенин булар биледи (Бердақ). Тылда темир жолда хызмет етип жүргенде поезд басып кетип өлтирген (Ж.Аймурзаев). Кисини албыратып өлтирерсең-аў — деп, «сеннен болды» дегендей даладағы күйеўине бопса етти (К.Султанов). Әп-әнедей, айы-күни питип он еки мүшеси менен туўылған қызымды үш күн ишинде өлтирип қолыма берди (М.Нызанов). Болмаса, сол биз өлтирмеген менен түркменлер менен урыста өлип атыр (А.Садықов). 2. Қандай да бир нәрсениң сапасын, қәсийетин өзгертиў. Ҳәк өлтириў, қый өлтириў. 3. аўыс. Ҳүрейин түсириў, абырайын жоғалтыў, бежериў, баплаў. Жигитлер адамды намыс өлтирер, ол намыс жигиттиң арын билдирер («Әмиўдәрья» ж.).