ӨКПЕ I
Қарақалпақша
ат. анат.
Адам ҳәм омыртқалы хайўанлардың дем алыў органы.
Бундай иске жол бермейин жығылмай, қызыл өкпем жүрегиме тығылмай (Ж.Аймурзаев).
Ҳәзирдин өзинде бир неше маллардың өкпесин тыңдап көрди (Ө.Айжанов).
Туўмаған туўды сойдырып, өкпеси менен қақтырды («Қырқ қыз»).
Жигиттиң бойи сергек.
Өкпеси толы, таза ҳаўа (К.Султанов).
Өкпеси исиниў — а) ашыўланыў, тулланыў.
Жумабай өкпеси исинип сөйлей алмады (К.Султанов).
Өкпеси исип, аўзына тығылды (К.Султанов).
б) деми қысылыў, қыслығыў.
Өкпеси өшиў — шаршаў, дәрманы қурыў, болдырыў.
Сералының өкпеси өшип, албырағаны соншелли, сөзлерин де дурыслап айта алмай уў септи, — дей береди (Г.Изимбетов).
Бирақ қанша зып берип қашқан менен алып таслаған душпан болмаган соң, бираз жер жүрип, өкпеси өшкен соң тәўекелге салып артына бурылып қарады (К.Султанов).
Өкпе-баўыр — адамзатлардың ҳәм жанлы-жаныўарлардың өкпеси менен баўыры.
Өкпе-жүрек — адамзатлардың ҳәм жанлы-жаныўарлардың өкпеси менен жүреги.