⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨГИЗ

Қарақалпақша

ат. Еки жастан өткен (күш-көлиги ретинде пайдаланатуғын) қара малдың пиштирилген, тарттырылған еркеги. Өгиздиң отын жеп баспақтың орнында жатпа (ққ.х.қ.). Аты шыққан палўанға қос өгиз байрақ қояды («Алпамыс»). Өгизлер түйектен шықты сабылып, Сениң жаның тас екен дым, Әскербай (И.Юсупов). Мен өгизлерди шанаға жегейин! — деди (К.Султанов). Малдан еки сыйыры менен баспақ таналарын қосқанда бес-алты қарасы, жылқыдан бир ғунан менен қулынлы бийеси, күш малдан қос өгизи бар, орта дәрмиян хожалық (К.Султанов). Ақыры, бүл мезгил ғой-мезгил, ҳәтте шашқан дәнниң өгиздиң үстинен сыпқанап түскениниң өзинде шашқан ўақыттағы түскенинен парқ беретуғын ўақгы еди! (А.Садықов). Өгиз өгизден көриў — аўыс. адамлардың жумысы аўыр болғанда бир-биринен көриўи. Жер қатты болса өгиз өгизден көреди (ққ.х.н.).