⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘТЕШТАН

Қарақалпақша

ат. 1. Ошақтан қоз шығарыў ушын ошақтың аўзына тиркеп ылайдан қоршалап қоятуғын айрықша орын, қара үйдиң ортасына ылайдан қоршалап иеленген от жағыў орны. Оны әтештанның ернеғине қойып, кесеў менен ошақгағы күлди аўдарыстырып еди, кештеги қоздың арасына тасланған жас тезек шала жана келген екен (К.Султанов). - Сәлийма чай ошақтың әтештанында жүресинен отырып Ажардың суўық сорған ажарына қарап болдырған көз жанарына тигилип қарады: — Жеңге, азып кетипсең ғой! (К.Султанов). Сәлийма әтештанды айланып жүрип сөйледи - Ал енди баслық дайыма бир қәтере етегөр! (К.Султанов). 2. Аўыспалы мәниде шаңарақты аңдатады. Мениң әтештанға сыймай атырған балам жоқ (К.Султанов).