ӘРМАН
Қарақалпақша
ат. 1. Мақсет, келешек, нийет, адам кеўлиндеги ислейжақ иси.
Бирақ, биреўинин де басқа қаланы әрман еткенин еситкен емеспен (Т.Қайыпбергенов).
Мен гейпара ўақытлары Айзадаға усаўды да әрман етип қоятуғын әдетти шығардым (Т.Қайыпбергенов).
Қапашылықтан өкирип жыламаў ушын, ақылын жойтып қоймаў ушын Әбиўтәлип әрман ете баслады, соннан алдамшы тынышлықты күтти (Ш.Айтматов).
2. Қайғы, ҳәсирет, бахытсызлық, кемтарлық.
Мақтымқулы да Меңли қызды алалмай әрманда өткен (К.Султанов).
0 Әрманда қалыў — өкиниў, қайғыға, уўайымға қалыў.
«Терғен сайын көп терсем деп, Тергенлер де налып турғанда, «Жәўлан урып бир көрмедим» деп, Термегенлер қалар әрманда (Т.Сейтжанов).
аўыс. Бирақ, кишигирим бир конкурста Стадивари виолончелинде ойнаған, ол әлбетте Кэти еди, сары шашлы қыздан кейинги орынды ийелеп, бир неше жүз доллардың ийеси болғанда балалықтағы орынланбаған әрманына қолы жетти (К.Каримов).
Джон өзин асықтай да булт жоқ ашық аспанда ушып жүрген, ҳәмме әрманларына қолы жеткен периште киби сезинди (К.Каримов).
Мениң өмирлик әрманларымды жоққа шығарған, мени алдаған усы әсбап емес пе? (К.Каримов).
Қолы жетпейтуғын әрманына айланған гөззал Зүлейқаның жанында, қол созым жерде турғаны, келиншектен тарқалған хош ийис басын айландырып жиберди (К.Каримов).