ӘЛЕМ
Қарақалпақша
ат. I Байрақ, туў, жалаў.
ат. II Қайғы-ҳәсирет, қапашылық.
Шәшми-жадуў жәллад, қашлары кәман, Қойды сийнәмизә йуз мың дағ-әләм (Әжинияз).
Көңлимде ғам, дәрди әләм, сөзлесем шықар дәмбәдәм (Әжинияз).
ат. III Дүнья жүзи, жер жүзи, жәҳән.
Таң қараңғысының тас түнеги жарық әлемди қара думанға орайын деп тур (К.Султанов).
Ҳақыйқаттан да, ат туяғы емес, пүткил әлем бир бапта сырт-сырт сыбырланып, әлле ким ушын ләззетли нама шертип атырғанға усады (Т.Қайыпбергенов).
Бул минәрдан нәзер салсақ әлемге, Қәўипсиз сезерсең өзинди (И.Юсупов).