⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘЙЛЕ

Қарақалпақша

ф. Жарылқа, мийриң түссин, исле, болдыр, жарат, тилегимди бер. Билек күшли болып әлиң талмасын, Хызмет әйле қолынызда бар ушын (Бердақ). Кеўлин сениң шалқып аққан бир дәрья, Тар әйлесең сол дәрьяда суў қалмас (И.Юсупов). ...мийрасхордың алдынан аман қутылғаны ушын қудайға мың қәтле шүкирлик әйлеп, қоллары менен шоқынды (Т.Қайыпбергенов). Бул сөзди пәҳим әйле, әзиз бирадар, Таўға-таў, адамға-адам көринер (И.Юсупов). Сәккиз йашда нақыш әйледин көйләгин (Әжинияз).