⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮСТИ

Қарақалпақша

ат. 1. Белгили бир нәрсениң жоқарғы жағы, үстиниң бети. Аршаның үстине жыйналған көрпе-төсек оның дыққатын өзине аўдарды (Т.Қайыпбергенов). 2. Тула бойы, адамның үсти-басы. Сен ойлама, мен мотористи үсти май, Мен ешейин ис адамы нәментай (Г.Есемуратов). Күни менен үсти-басын ыласлап жыйнаған колызлығы урланды (Қ.Айымбетов). 3. Дус-малдан көрсетилген орын, мәкан. Аўыл үстинде байрақ тынбай желбирейди (С.Хожаниязов). 4. аўыс. Биреў туўралы, ҳаққында. Салый Жуманның үстинен шағым етип қазыға талай барған (С.Арысланов). 5. аўыс. Белгили бир ҳақыйқат, ўақыяның нақ болып атырған ўақты, мәхәли. Шын батыр сын үстинде танылар (ққ.х.н.). 6. аўыс. Бир нәрсеге екиншисин қатар қолланыў, ҳақыйқат болыўы. Оның үстине мәрдикардың себебинен көрген азабын қәйтерсең (Ә.Шамуратов). 0 Ат үсти — а) жол-жөнекей, жолшыбай, б) жеңил-желпи, үстиртин. Жол үсти — жол бойынша, кесе белден. Мухаббат жөнинде жол үсти, сөз қыласаң (Қ.Камалов). Ис үстинде — жумыс ўақтында. Үсти-үстине дүрсилдеп соғыў — тез, жылдам, шаққан хәрекет пенен, тынбастан. Куўғаным соншелли жүрегим үсти-үстине дүрсилдеп соқты (Ө.Хожаниязов). Кемшиликтиң үстин ашыў — қәтелерин көрсетиў, шешиў. Ол кемшиликлердиң үстин ашып тасламағанына өкинди (С.Салиев). Мәселе үстинде — мәселе туўралы, жөнинде, хаққында. Усы мәселе үстинде дурыс ойланып көрер деп исенди (Т.Қайыпбергенов). Нийет үстинде — мақсетте, тилекте. Әне, сол нийеттиң үстинде бай бели бүгилип, көзде жасы төгилип, келе берди («Мәспатша»). Сениң үстиңде гүзе сыиыў — сен хаққында, сен туўралы, сениң ушын. Тапсырмалар үстинде — сол жөнинде, ўазыйпалар хаққында, жөнинде, туўралы. Бүгинги жыйналыста болған тапсырмалар үстинде ойласып атыр (Т.Қайыпбергенов). Ҳал үстинде жатыў — аўыр аўҳалда, қыйын жағдайда. Хал үстинде жатырған Шерип үн катпады (Қ.Ерманов). Үстинен түсиў — а) ўақыяның тап сол мәхәлде болып атырған ўақтында гезлесиў; б) ойындағысын табыў. Үстинен шығыў — дәл төбесинен түсиў, гезлесиў, жолығыў, ушырасыў.