ҮЙИР I
Қарақалпақша
ат. 1. Бир айғырдың қараўындағы жылқының топары, дүркини.
Таўлардан асып бир үйир жылқы булаққа пайда болды («Мәспатша»).
2. Туўып өскен орталық, қатар-қурбы, туўған-туўысканлық, жақын-жуўықлық.
Бузылған соң өрисинен үйирим, Туўысқанға бурып тура-аў бүйирим, Саўыўға болмады жалғыз сыйырым, Бир басқа бир заман болды яранлар (Күнхожа).
0 Үйирине қосылыў — қатар-қурбы, жора-жолдасларына қосылыў.
Ер жигит үйиринен шықса да, Үйирине қосылады (ққ.х.н.).
Үйир-үйир болыў — топар-топар болыў, дүркин-дүркин болыў.
Адам болып уллы атақ алмаға, Есигинде үйир-үйир болса мал (Әжинияз).