ҮЙИЎ
Қарақалпақша
ф. Бир затты, нәрсени, белгили бир жерге жыйнаў, топлаў.
Қуўаныш пенен алған азықларын балалар бир жерге үйип атыр (Т.Қайыпбергенов).
Балалар айтылған сөз бойынша пиязды үйип қойды (С.Салиев).
0 Қабақ үйиў — ашыўланыў, түнериў, қәҳәрлениў.
Геннадий қабағын үйип мийи айланған басын төмен ийди (А.Бекимбетов).
Үйилип-төгилип отырыў — топланысып отырыў, көп болып жыйналыў.
Олар үйилип-төгилип отырыўы менен қала берди (Ж.Аймурзаев).
Үйип-төгип әкелип таслаў — ағыл-тегил етиў, бир жерге топлаў, жыйнаў.
Почтальон газеталар менен хатлардың бар-жоғын үйип-төгип әкелип таслап кетеди (Ө.Хожаниязов).