⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮЙ I

Қарақалпақша

ат. 1. Адам отыратуғын хожалық, семья. Бизде үй жоқ күндиз илип отырған, Апақ-шапақ жайнап күлип отырған (И.Юсупов). 2. Ўатан, шаңарақ. 3. Белгили бир жәмийет пайдаланатуғын, жасайтуғын орын, мәкеме. Сөйтип, Төреш балалар үйине тапсырылды (Н.Дәукенов). 0 Үй тигиў — хожалық болыў, шаңарақ көтериў, бала-шағалы болыў. Халмурат бай үй тикти деп аўылдың бәри жыйналды (Қ.Ирманов). Үйди басына көтериў - шаўкым салыў, уў-шуў болыў. Балалар хә демей-ақ үйди басына көтерди (Ә.Шамуратов). Үйли-жайлы болыў — хожалыклы, дүнья-маллы болыў, турмысы жақсыланыў. Ақ үйли болыў — сүргинге жибериў, жер аўдарыў. Арзым полиция тәрепинен ақ үйли болды (С.Арысланов). Үй машқаласы — хожалық жумыслары, семья жумысы. Үй машқаласы оны тәўир-ак албыратты (Қ.Камалов). Үйден шықпаған — аўыс. турмыс қурмаған, күйэўге шықпаған. Ол еле үйден шықпаған қыз (С.Хожаниязов).