⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚЫР

Қарақалпақша

ат. 1. Бийик, дөң. Таўлар асты, қыр асты, Айлар бойы адасты. 2. Қурғақшылық жер, теңиздиң жағасы, дәрья бойы.
1. Таў, төбе, дөң, жота. Еплеп қырға шықты да, әстен аяқ басып батысқа жүрип кетти (Ш.Сейтов). 2. Қылыш, қанжар, пышақ ҳәм тағы басқа затлардың арт жағы. Урған ўақта керилип, қылышының қыр бети, денениң бәрин сыйырды («Қырқ қыз»). 3. Кийимниң бүкленген жүйи, бүклеми, қатламы. 0 Қыр-әтирап — айлана-дөгерек, жән-жақ. Олардан жупар ийислер қыр-әтирапты аңқытып тур (А.Бекимбетов). Қыр көрсетиў — күш көрсетиў, айбасланыў. Ол үмитиниң үзилерин билген соң қатты бақырып қыр көрсетти. Қыр мурын — сүйир мурын. Ол аққуба, қыр мурыннан келген қайың жиғит. Көз қырын салыў — қараў, бағыў. Куры отыра беремен бе? — деп ол жолдасына көз қырын салды (Ө.Хожаниязов). Қыры қашыў — сәтсизликке ушыраў, мәниси болмаў. Бул күнлери Омардың жүдә қыры қашып жүр (И.Курбанбаев). Қыр асырыў — басқа жаққа жибериў, алыслатыў. Саламатдин өзиниң шопанына жамандық ислеп, оны қазыға жаманлап қыр асырды (А.Беғимов).