⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚУШАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Биреўди кушақлаў ушын умтылғандағы еки қолдың арасы. Жанай жақындасқан соң Ақтамақ қыз да күлимлеп керилип қушақ ашады («Ер Зийўар»). 2. аўыс. Ой қушағында — ойға берилиў, ой менен бәнт болыў. Деғен менен, өзи ислеў керек, ойдың қушағында жүзип отырды (Ө.Айжанов). 0 Қайғы қушағы — уўайымға берилиў, уўайым басыў. Қайғы қушағында турып бираз әбиғерленди (Ж.Аймурзаев). Қушақ ашыў — күтип алыў, қарсы алыў. Қушақ ашып турмыз, келиң, мийманым, Қолда жети түрли гүлим, мийманым (А.Дабылов). Түн қушағы — түн ишинде, түнғи, ақшамғы, қараңғыда. Тун қушағы салқын тартқан ҳаўа менен тығыз толған (А.Бекимбетов).