⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚУРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жасаў, дүзиў, салыў, жасап шығарыў. Қызкеткен бойынша заводлар қурған, Сары алтын тазалап алтын пуў урған (С.Нурымбетов). 2. Орналастырыў, жасаў, дөретиў. Уста дарағына аткөншек қурды, Сөйтип денелерден еркин қан жүрди (А.Дабылов). 3. Бир нәрсени тутыў, тартыў, илиў. Жайдың мушына шымылдық қурылды, оған келиншек отырды. 4. Орнатыў, дүзиў, шөлкемлестириў. Жәбдиллескен хожалықты қурыўда ислеғен жумыслар көпшилик пенен байланыслы болды. 0 Диңкеси қурыў — ҳал-куўаты, кетиў, болдырыў, шаршаў. Еки аяғы сал болып, диңкеси қурып алға жүре алмады (Н.Дәўқараев). Заўық қурыў — кеўил көтериў, тамаша ислеў. Жоқ, бул жерде саған арман тур демес, Жаслар бунда қурар заўықлы кеше... (И.Юсупов). Ойласық қурыў — ойласыў, кеңесиў, ақылласыў. Сейит ата жайласып, чай үстинде қурды бираз ойласык (Т.Сейтжанов). Писи қурыў — бос калыў пәнт жеў, алданыў. Әлле кимлерден хат күткен қызлардың да суў кысымлағандай писи қурып калды (Ө.Хожаниязов). Аўзының суўы қурыў — жүдә танланыў, кызығыў, интизар болыў. Ерназар десе адамлардың аўзының суўы қурыииды (А.Бегимов). Саўаш қурыў — урысыў, атысыў, шабысыў. Душпан менен айрықша саўаш қурыўға туўра келди. Дузақ қурыў — аўыс. қаслық ойлаў, алдастырыў. Ғарры алыстан дузақ қурып сөйледи (К.Султанов). Турмыс қурыў — шаңарақ курыў, хожалық болыў, бирге өмир сүриў. Қарасам, өзимниң қатар-курбыларым турмыс қурып, үйленип атыр (Ө.Айжанов).