ҚУР
Қарақалпақша
1. ат. 1. Көпшиликтиң бир орынға жыйналып айнала дөгерек болып турыўы, уйлығысыўы.
Келген адамлар қур тутып қызлар бир бөлек, жигитлер бир бөлек отырды (Н.Дәўқараев).
«Сөўдирмек» — дәстүрий топ ойынларынан саналады.
Бул ойын балалар арасында «қур айланыў», «топ секиртиў», «сәудирмек тебиў» деп те аталады.
Ойын кыс паслы басланып, жер катыў болған ўақытта ойналады.
Ойынға онлаған бала қатнасады.
Балалар бойма-бой турып айлана жүреди де, кең етип шеңбер сызады.
Олар қолларына бир-бир кийиз топ алып, ара қашыклықты сакдаған ҳалда қур айлана избе-из турады (Сөўдирмек ойыны).
2. Үйдиң керегелери менен уўықларын ҳәм үзиктиң ишки жағын байлайтуғын ени үш елидей етип жүннен ямаса пахта жибинен тоқылған жалпақ баў.
Сыртынан узын гөне шапан кийип, еки пешин қайырып, белин гөне қур менен буўған (Н.Дөўкараев).
2. қур-қур т.с. Жылқыны шақырғанда айтылатуғын сөз.