ҚОСШЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Жәрдемши, қызметши, нөкер, қатарға ерген жолдас.
Атқа минип Алтынай, Алты жигит қосшы алып, Майданға сапар қылады («Қырқ қыз»).
Әжинияз: — Ақ Меңеш, расы мен шынлаймысаң? Сөзиңе сөзим үстем, аңлаймысаң? Гүўам жоқ, жалғыз қосшым бар қасымда, Қосшының сөзин өзиң тыңлаймысаң? (Әжинияз бенен Қыз Меңештиң айтысы).
Несийбе — басшы, биз — қосшы (ққ.х.н.).
Мың қосшыдан бир басшы (ққ.х.н.).
Ел көркейер басшысы менен, Басшы көркейер қосшысы менен, Ийтелги абыройлы болар, Тазылы қусшысы менен (ққ.х.н.).
Қосшы болмаған жигит басшы бола алмас (ққ.х.н.).
2. Қолдаўшы, қайырқомшы.
3. Бурынғы дәўирлерде қыз-жигитлер айтыстарында қызларға қарата айтылған қаратпа сөз.
Жигит: — Айхан атың шығыпты, Бийәдеплик сөз бенен, Билискен адам шығыпты, Оны көрдик көз бенен, Жөн алдыңа жөн таўып, Жүрмедиң, қосшым, из бенен, Бизлердей жигит келип тур, Дүзер сени тез бенен, ...Баяғыда ойнадыңыз, Қыстаў жерде биз бенен, Айтабер, қосшым, жуўапты, Аямай жүйрик тил менен (Айтыс-жуўаплар).
Жигит: — Аўа, қосшым! Қарақалпақ деген халық болады, Қалаға барып, шабақ алады, Қайтып келип, отының басына дем салады, Аспанның асты кең, Ҳәрким көулине келгенин қылады (Айтыс-жуўаплар).
ҚОСШЫЛЫҚ ат. Биреўге қызмет етушилик, қосшы болушылық.
Тәселлесин бермесе, Басшылықтан пайда жоқ, Ағаның тилин алмаса, Қосшылықтан пайда жоқ (Термелер).