⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАТЫН

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳаял, зайып, жубай, жолдас. Баяғы заманда «қатын деген не өзи», «ол не биледи» — деп санайтуғын еди (Ө.Айжанов). Үйимде қатыным бар айдан сулыў, Қазақтың он қызы оның санынша жоқ (Әжинияз). 2. Турмысқа, күйеўге тийген хаяллар, улыўма хаяллар. Ердиң атын қатын шығарар, Қатынның атын отын шығарар (ққ.х.н.м.). Үйдиң сәни — қатын, Қатынның сәни — еркек, Геўденин сәни — бас, Бастың сәни — телпек (ққ.х.н.м.). Жигит: — Атта болады тайыншақ, Қызда болады тулымшақ, Тулымшағы жоқ қызларды, Қатын дейди бизиң жақ! (айтыс-жуўаплар).