ҚАРЫНДАС
Қарақалпақша
ат. 1. Бир анадан туўылған өзинен кишкентай қыз, туўысқан қыз.
Ержанның қарындасын узатып жибериў бийдиң мойныңда (К.Султанов).
Қарындасы акылсыз болса, Ағасының басы ғаўлайды, Патшасы жаман болса, Пуқарасын жаўлайды (ққ.х.н.м.).
Қатырма көйлек қан болса, Сығып жуўар қарындас (Термелер).
Таўда болар тарғыл тас, Ағарлар көзден селли жас, Тар қолтықтан оқ тийсе, Сүйеў болар қарындас, Алладан күн-түн тилеген, Уядашы, сиңлиси, Ғәрип нашар, муңлысы, Сиңли дәркар жигитке (Термелер).
2. Улыўма ҳаял-қызларға жасы үлкен ер адамлардың айтатуғын сөзи.
Бизиң усынған кесемиз тынып тур ма? Тынғанын ол заманлас билип тур ма? Бир кесе берген шайды алалмастай, Қарындастың диңкеси курып тур ма? (Айтыстан үзиндилер).
3. Туўысқан, гуўған-туўысқан, ағайин.
Қәдир билмес қарындастан, Ғайбана болған дос артық (Термелер).
Қашық отырғаның жақсы, Қәдирин билмес қарындастан (Термелер).