ҚАРТ
Қарақалпақша
қ. ғарры.
Қартбуғадай бийлерден, Кеңес сорар күн қайда? («Ормамбет бий толғаўы»).
Алты деғенде не жаман? Алпысқа келген қарт бабаң, Атаўсыз кетсе сол жаман (Термелер).
Йеттиленши не яман? Йеттим-йеттим деғенде, Йеткиншектен айрылған, Шаппай-желмей майрылған, Қанатынан қайрылған, Жер таянып туралмай, Атын айтып зарланып, Кейнинде қалған қарт яман (Термелер).
Артқы айылдың батқанын, Ийеси билмес, ат билер.
Ағайинниң азғанын, Ағайин билмес, жат билер, Тери тонның ыссысын, Жасы толған қарт билер (Термелер).
Қырқңа тонның ыссысын, Жасы кайткан қарт билер (Термелер).
Бийәдеп өскен жигиттен, Көп жасаған қарт жақсы (Термелер).
Қәңги ешектиң қәдирин, Сабын сатқан сарт билер, Елтири тонның қәдирин, Жасы қайтқан қарт билер (ққ.х.н.м.).
Есиктиң алды арт болса, Ертлеўли турған ат яңлы, Ескинамай қарт болса, Ескиден қалған хат яңлы (ққ.х.н.м.).
Бурынғының нарты болсаң, Соңғының қарты боларсаң (ққ.х.н.м.).
Илгери баскан баланы, Терис қайтқан қарт қайтарар (ққ.х.н.м.).