⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРАҢ

Қарақалпақша

қараң қалғыр кел. Ғарғыс, қаңырап қалғыр, ийесиз қалғыр, әдира қалғыр мәнисиндеги ғарғысты билдиреди. Қараң қалғыр Үстирт бир неше атаў, Суў астында жатқан зарлы Бозатаў (Әжинияз). 0 Қаран қалдырыў — опат етиў, ўайран қылыў. Мүлкин қарап етип қараң қалдырып, ғазлар ушпас болды елимде мениң (Қ.Ирманов). Қараң қалыў — ўайран болыў. Қараң қалды оған қараған күним, Тилеўмуҳаммедке қарайгөр (Қ.Ирманов).