⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАЛЫЙ

Қарақалпақша

кел. Әдейи, мәзир. Қырық киси атын билген қалый болмас (ҚҚ.Х.Н.М.). Шөпти көрсең қалый билме (ққ.х.н.м.). Қыз сыйлаған қалый болмас (ққ.х.н.м.). Хан сыйлаған қалый болмас, Ел сыйлаған қуры қалмас (ққ.х.н.м.). Жигит қалый болмайды, Жүрер соқпағы менен, Отырар орнын таныса (ққ.х.терме.). Байды қалый демеңлер, Сорап барған адамның, Қайтарып қолын қақпаса. Бийди қалый демеңлер, Жаўға шапқан батырға, Жаман атақ тақпаса. Ерди қалый демеңлер, Ерлик иелер ўағында, Сөйлеўге тили келиспей, Қызыл тилин тартпаса. Бедеўди қалый демеңлер, Енди жеттим дегенде, Шалғаяқтап жатпаса. Дәрьяны қалый демеңлер, Үш ай тоқсан болғанда, Пуўы шығып қатпаса (ққ.х.терме.).