ҚАЙЫСЫҚ I
Қарақалпақша
ат. 1. Иймейиў, майысыў, ийилиў.
Қырағайдың қайысқаны — сынғаны.
Ер жигиттиң уялғаны — өлгени (ҚҚ.Х.Н.М.).
2. аўыс. Аяў, қыйналыў, жаны ашыў.
Ўақытсыз солған гүлдей қаза тапқан қыршын жасқа кимниң бели қайыспайды (Н.Бөрекешов).
0 Қабырғасы қайысыў — иши, баўыры елжиреп аяў, күйиниў.