⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАБАҚ I

Қарақалпақша

ат. 1. Қас пенен көздиң арасы. Писте мурын, бадам қабақ, Кең қушақлы ақ тамақ («Қырқ қыз»). Жабылған қабағының астынан көзи күлимлеп турды (Ө.Айжанов). 2. аўыс. Адамның бир нәрсеге байланыслы сезилетуғын көңил күйи, минез-қулқы. 3. аўыс. Арнаның, сайдың үстинги жийегине жақын жери. 0 Қабағына қараў — ыңғайына, ретине қараў, байқаў. Қабағынан қар жаўыў — қатты ашыўланыў, қәҳәрлениў, ғезеплениў. Қабағын шытыў — налыў, ренжиў, қапаланыў. Оң ҳәм шеп қабағы жыбырлаў, қыймылдаў. Қабақ түйиў — тулланыў, ашыўланыў, иренжиў. Жаңа ғана жайдары минез аққуба жигиттиң қабағы түйилип, жүзи түнерди (К.Султанов). Қабақ үйиў — тулланыў, ашыўланыў, иренжиў.