ҒУЛҒУЛА
Қарақалпақша
ат. 1. Ғалаўыт, шаўқым.
Таң атып күн уясынан шығыўдан-ақ аўылдың арасына бир ғулғула пайда болды (А.Бегимов).
2. Шуғыл сөз, азғырғанлық, азғырыўшылық.
Айдосың патшаның тилине ерип, Ғулғула сөзине кеўлин берип (Әтеш).
3. Дәрт, әрман.
Бирақ, неге екени белгисиз, сол қыз көкирегине ғулғула салып кеткен тәризленди (Т.Қайыпбергенов).
0 Ғулғула түсиў — тынышсызланыў, бийтақатланыў.
Келиншек түсти, аўылға түсти, Қызлардың ишине ғулғула түсти (ққ.х.фоль.).
Ғулғула таратыў — ызым-сызым өтирик хабар таратыў.
Журт арасында жортаға ғулғула таратып, халықты мәзи алаң қылып, елге зыянын тийгизиўши деген мәниде шығар (Ш.Сейтов).
Ғулғулалы кеўил — капа, уўайымлы кеўил.
Айдостың ғулғулалы кеўли бираз жубаныш таўып: — «жаңа ақыл келди» - деди иш инен... (Т.Қайыпбергенов).