ҒАМ
Қарақалпақша
ат. 1. Мән, пайда.
Өрге өрмелегендеги ойың кимниң ғамы? (Т.Қайыпбергенов).
2. Қайғы, хәсирет, азап, уўайым.
Ғамға көулин толтырды, Ақ жүзин солдырды («Ер Зийўар»).
Өмир өтти жыл артып, шадлық, ғамға көп батып, Қумсар мениң көўилим, Балалыққа кетсем қайтып (Б.Зиварова).
0 Ғамын жеў — а) бир нәрсениң пайдасын ойлаў, б) таярлану.
Жети атасын билген ер, Жети журттың ғамын жер (ққ.х.фоль.).
Ғамға толу — қайғыға толу, қайғыға бату.
Көзлери ғамға толып, көўил хошы жоқ еди (А.Султанов).
Ғам шегу — ойлану, қыйналу уўайымлаў, қайғыру.
Ана баласын уўайымлап, ғам шегип, урыстың тамам болыўын асығыслық пенен күтти (К.Султанов).
Ғамын ойлаў — пайдасын ойлаў, таярлану.
Бала-шағаның ғамын ойлап атыздағы бар егин-тегинни жыйнап алыўға киристи (К.Султанов).