ЯҢЛЫ
Қарақалпақша
қ.с. Атаўыш ямаса атаўышлық хызметте қолланылып түрген, салыстырыў мәнисин анлатыўшы тиркәўиш.
Шүў-шүўлейди, гүңкилдейди күлмейди, не қыларын билмейди, Жанға аўыр тийген яңлы усы кеш (И.Юсупов).
Қыз, жигитлер яңлы бәҳәр, Поезд минип жүрген екен (С.Нурымбетов).
Аңамхор ат яңлы — адам тислейтуғын атка мегзее.
Жараған түйедей бурқырады ол, Адамхор ат яңлы умтылады ол (И.Юсупов).
Лала яңлы — қызыл гүлге усаған.
Жүрек баўрым лала яңлы күн болып, Қара шашым тозды пәрийшан болып (И.Юсупов).
Ҳүр яңлы — аўыс. периниң қызы сыяқлы, пери қызына усаған.
Бағ ишинде дур яңлыды (А.Муўсаев).
Гүл яңлы — аўыс. Гүлге усаған, гүл тәризли.
Ҳүр киби бәҳәр жүзлери, Гүлзийба қыз гүл яңлыды (Әтеш).
Алтын яңлы — аўыс. алтын сыяқлы, алтын тәризли.
Суўдан шыққан балықларың, Алтын яңлы көринеди (Т.Сейтмамутов).
Жылдырым яңлы — аўыс. көз илмейтуғын жүйрик.
Минипсең, жылдырым яңлы, Ат па, ешек пе, пырақ па? (Бердақ).
Шекер яңлы — пәкизе, әндамлы, Жарқыраған айдай жүзлериң сениң, Шекер яңлы палдан мазалы сөзиң (Әтеш).
Алма яңлы — аўыс. сулыў формалы.
Қара мениң көзиме.
Алма яңлы жүзиме (А.Бегимов).
Мийўе яңлы — аўыс. мийўе тәризли.
Еркин пискен мийўе яңлы бағдарда.
Зейиним ашар, куўандырар, балқытар (Ә.Шамуратов).
От яңлы — жанып турған от сыяқлы.
Ол енди жаңа алысқан от яңлы тутанып киятыр (Ө.Хожаниязов).
Қамыр яңлы жибисиў — аўыс. жумсақ, былқылдақ.
Қамыр яңлы жибисип жер тонлары, Әмиўде сен жүрип ериди музлар (Т.Сейтжанов).
Адам яңлы — аўыс. адамға усаған, адам сыяқлы, тәризли.
Бизде күш бар, тәбиятты етип қул, Адам яңлы сөйлетемиз берип тил (Әд.
альм.).
Гилем төселген яңлы — аўыс. гилем сыяқлы, гилемге мегзее.
Көк-көңбек, ушы жоқ, көзлерин жетпес, жерге сулыў гилем төселген яңлы (Ә.Шамуратов).
Бәҳәр яңлы нурланыў — аўыс. көркейиў, доланыў.
Бәҳәр яңлы нурланды, Гүллер киби ырғалды (Әд.
альм.).
Соқпақ яңлы болмаў — соқпаққа усамаў, унамаў.
Соқпақ яңлы болмас ақмаққа гүзар («Әмиўдәрья» ж.).
Гәўҳәр яңлы — гәўҳәр сыяқлы, тәризли, гәўҳәрға усаған.
Көзин сүзип, қасларынды қаққанда, Жудырлатып яңлы гәўҳәр таққанда (Әтеш).