⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЯРЫМ III

Қарақалпақша

сан. 1. Муғдар, шама, көлемди билдирип келетуғын санлық сөз. Олар өзинде бар жер қазыў техникасының тек ярымын ғана пайдаланып отыр («Әмиўдәрья» ж.). 2. Еки түрли нәрседен пайда болған, аралас, қоспалы. Ярым жүн аралас гезлеме. Ярымына кепек қосылған. Ярым әсирлик — жартысына шамалас, жарысына жетерлик. Жаңа турмыстың ярым әсирлик бийигинен, Көкиректеги көз бенен серлегенде азатлық (И.Юсупов). Ярым күнлик жол — мөлшер, шама, муғдар. Ярым күнлик жолларға, зордан-зорға жүрдиңлер («Әдебият» саб.). Ярым шығанақ — шығанақтың жартысына шамалас жер, ярым шығанақ қурақым бурылыс. Кеме булардың тусынан зуўлап өтти де, ярым шығанақ ықлап қырға шықты (К.Султанов). Ярым шақырым — бир пүтинниң жартысы, муғдары, шамасы, мөлшери. Олар тоғайдың ишине кирип, ярым шақырымдай жер жүрген ўақытта қаңбақтың арасынан бир қоян атлыға қашты (К.Султанов). Ярым батпан — бир нәрсениң жартысы, екиден бир бөлеги. Жай шығады ярым батпан, Ҳеш ўақ бойға питкен емес (Бердақ). Ярым батпан болмаса, Батпан шығар дәнин жоқ (А.Дабылов).