⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЯР

Қарақалпақша

ат. 1. Жақын адам, дос, қоллаўшы, меҳрибан. Қызын ойлап қылады зар, Шықпаған ғана жаны бар, Қудайым болғыл маған яр, Деп зар жылап жүрген екен (Бердақ). 2. Сүйгилик, бир-бирин сүйген, жақсы көрген қыз ҳәм жигит. Тал бурымын яр қайырып, Аш белине таслайды (Т.Сейтжанов). Киси ярына сөз салма, Өз ярыңнан қаладурсаң (Бердақ). Сүйикли яр, сүйген яр — жақсы көргени, қәлегени, унатқаны. Бирақ, жоқ ол сүйикли яр, Ким билсин ол қайда кетти (Б.Исмайлов). Сөйлеп турып сүйген ярың, Бирге десип шийрин жаның (Ә.Шамуратов). Сүйген ярын қушыў — сүйиў, жақсы көриў. Мурадыма жетпей кеўлим тасар ма, Малсыз жигит сүйген ярын қушар ма (А.Дабылов). Яры сынаў — сынақтан өткериў. Әбдираманның келди ары, Отырғандай сынап яры (Ш.Артық). Ярындай қылыў — аўыс. ярындай көриў, қәстерлеў, қәдирлеў. Әлпешлейди ярындай қып, Өнери еди сүйип алған (Ш.Артық). Ярлық етпеў — яр болмаў. Бирәўдиң яры биреўге ярлық ете ме, қурған қызаў (К.Султанов). Сәўер яр — жақсы көрген, унатқан. Биреўлер баласын, келинш еклер сәўер ярларын сорап атыр (Ө.Хожаниязов). Яр тутыў — сүйиклик табыў. Жүўери ектим кендир менен аралас, Бир яр туттым орта бойлы қәлемқас (ққ.х.қ.). Яр болыў — унаў, жараў. Ярым болса хош қылықлы, Маған қандай бахыт дейсең (Ө.Хожаниязов). Яр келиў — аўыс. үмит етиў, күтиў. Шарық ийирип созып салдым ийикке, Яр келди деп жуўырып шықтым бийикке (ққ.х.қ.). Ярына аҳыў-зар етиў — интизар етиў, ынтықгырыў. Биреўди улына, биреўди ярына аҳыў-зар етип, жүреклерин күйдирген сен урыс! (Ө.Хожаниязов). Ярын қушағына қысыў — қушағына алыў. Қарайсаң да өткен кисиге: Қушағына ярын қысып ап (Т.Сейтжанов). Ярын есине түсириў, ярын ядына түсириў — ядына келтириў, ойлаў. Ярын есине түсирип, көз алдыларында елеслеткендей түр билдирип отыр (Ө.Хожаниязов). Ол да ярын ядына түсирди ме, әлле хат келмеғенине ренжиди ме? (Ө.Хожаниязов). Яр излеў — яр табыў, қыдырыў. Бир минәсип яр излесем, Қарыйдарым сен мениң (Т.Сейтжанов).