⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЯД

Қарақалпақша

ат. Белгили бир нәрсе хаққындағы ой, ес. Оның көзлериниң күлип турғанлары мениң менен ислес болмаса да ядымда (Ж.Аймурзаев). Яд етиў — есте сақдаў, ойлаў, еслеў, умытпаў. Яд етип басладық көсемниң атын, Жигитлердиң арттырды ол ғайратын (Әд. альм.). Кеште күндиз ата-анасын яд етип, Хызмет етер ата-ана халқы ушын (Бердақ). Ядына алыў — есине алыў, ойлаў, еслеў. Бар балам, бар, тезирек бар, Анаңның сөзин ядқа ал (Ә.Шамуратов). Ол өткен терис тартыс сөзлерди ядына алғысы келди (Ө.Айжанов). Ядына түсиў — есине, ойына келиў. Ертеңине азанда үйден шыққанда атқа берермен деп алып шыққан ат дорбадағы арпа ядына түсти (М.Абдиреймов). Ядыма түсиў — ойыма, есиме келиў, түсиў. Шайыр менен баяғы шарбақта ушырасқаным ядыма түсти («Әмиўдәрья» ж.). Ядқа алмаў — ойға, еске келтирмеў. Сондағы айтқанлары болмады, Суўсызлықты ҳеш ким ядқа алмады (Ә.Шамуратов). Ядынан шықпастай болыў — есинде, ойында қалғандай болыў. Жәлладлардың асып турған дарлары, Ядынан шықпастай болған яранлар (С.Нурымбетов). Ядынан шығармаў — ойынан, есинен шығармаў, есинде, ойында сақдаў. Бирақ, Палўанын ядынан шығарған жоқ (Ө.Айжанов). Ядымда болыў — есимде, ойымда сақланыў. Тап ҳәзир де өзимниң улыўма халық ушын хызмет ислеп жүргеним ядымда болып, кеңсеге руўхланып келдим (Ө.Хожаниязов). Ядқа түсиў, ядқа салыў — ойға, еске келиў, еске, ойға ескертиў. Жалынса да сирә қыйын болмады, Ядқа түсти сонша адам шағлағаны (Т.Жумамуратов). ... түн ишинде беттен сыйпап елпип ескен майда жумсақ самал естен шықпайтуғын сезимлерге толы шийрин мәҳәллерди ядқа түсиретуғын еди (Ө.Хожаниязов). Ядта сақлаў — есте, ойда тутыў. Ядымда жоқ болыў — есимде, ойымда болмаў, умытыў. Танып турман өзиңизди, Бирақ, ядымда жоқ атыңыз (Ш.Артық). Әттегене-ай, сениң ядыңда жоқ па, ол баланың үйи қай көшеде еди... (Ө.Айжанов). Яд еттире бериў — қайта-қайта ядлата бериў, тәкирарлатыў. Есберген молла тек китапты яд еттире береди (К.Султанов).