ЫРАЙ
Қарақалпақша
ат. Жағдай, бағдар, аўқал.
Кеш пешин ўақытта күнниң ырайын бузық көрген Нуржамал шийшең үйге жекен шыпта тутты (Қ.Султанов).
0 Хаўа райы — хаўаның жағдайы.
Хаўа райын уғып болмас, Бар өзиңде қандай қылық (И.Юсупов).
Ырайдан қайтыў — пикирден қайтыў.
Бул не кәрамат екен деп қарақшылар мени жиберип еди, бизлер де ырайдан қайттық (ққ.х.е.).
Мен де барамын... Қайт ырайдан/Мезгилсиз жаныңа әзирейил шақырма (Қ.Султанов).