ШЫБЫҚ
Қарақалпақша
ат. Теректиң, жыңғылдың майда жиңишке түри, жиңишке тал.
1. Еки жигит қызыл жыңғыл шыбықларын сазлап турғанда қазы келип, ўаз оқыды (К.Кәримов).
Оның жүреги суў етти.
Шыбық услаған қолы қалтырады (К.Султанов).
Бирақ, усыннан молланың шыбығын көп жеген, усыннан паллаққа көп асылған бала жоқ (А.Садықов).
Кисим қәҳәри келгенде урсын, туттан басқа шыбық сынып қалады, және қаяқтан шыбық излеп жүремен, дейди екен (М.Нызанов).
Шыбық тиймеген асаў екен (К.Султанов).
2. — Ўақтында райком секретары болып хәммени бир шыбық пенен айдаған, ол (К.Кәримов).
Ҳаял қанша дәў бола берсин, еркектиң алдында майысқақ шыбықтай болады (М.Нызанов).