⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЧАЙНИК

Қарақалпақша

ат. 1. Суў қайнатыў ушын металлдан иеленген ыдыс. Мыс чайник. 2. Қайнатылған суўды демлеў ушын металлдан, фарфордан иеленген шүмекли хәм ўелағышы бар домалақ ыдыс, үй-руўзыгер әсбабы, хожалық буйымы. Фарфор чайник. Оның ишинде тыныш таппай чайникке чай куйып бир кемпир жүрди (Ө.Айжанов). Захира чайниклерге чайды демлеп алып келип, оннан кейин де үй жумыслары менен машқул болды (Т.Нажимов). 0 Алтын чайник — алтыннан иеленген яки алтын жалатқан чайник. Аршадағы алтын чайник пенен алтын кеселер, алтын билезик пенен алтын әребеклер, гәўҳар таслы жүзиклер менен алтын саплы қылышларды шығарды (А.Бекимбетов). Шубар чайник — хәр түрли нагыс пенен сырланған аламыш чайник. Алмабас үйрекке мегзее узынша шубар чайниктен чайды симирип отыр («Әмиўдәрья» ж.). Манкыйып турған, шубар чайник аттан қулаған шабандоздай аўдарылып түсип пашақ-пашақ болды (Қ.Айымбетов). Бақа чайник — кишкене тырбық чайник.... жеңгей шүмеги қаңылтыр менен курсаўланған жудырықгай бақа чайникке шыпа шөптен демлеп, алдына қойды (Ө.Хожаниязов). Чайник айдаспа — гөн.с. ески дәўирдеги ҳаял-қызлар менен жигитлердиң бир-бирине чайник ж иберисип, чай иш исетуғын отырыспасы, отырыспадағы чай ишисиўи. Дастурхан жайылып, чайник айдаспа басланды, жыраўдың қуйқылжытып айтқан күлдирги сөзлерине жигитлер күлисип, бағанағы ашыў умыт болып баратыр еди (К.Султанов). Чайник-кесе - чайник пенен кеселердың улыўма атамасы, жыйынтығы. Қумар гә бесик тербетип, гә чайник-кәса сыпырып шырпылдап жүр (Т.Қайыпбергенов). Қонақлар түргелгеннен кейин, дәрриў чайник-кесалар да жыйналды (ҚАйымбетов).