ХАТ
Қарақалпақша
ат. 1. Басқа жердеги биреўге не мекемеге хабар беру не пикирлесу мақсатында пошта арқылы жиберилетин мәтин жазылған қағаз.
Мүмкин, пошташы оған да ағасынан хат әкелген шығар (Т.Қайыпбергенов).
2. Оқу және жазу, саўат, билим.
Ескиликтиң қара, түңилигин туғырып, Жаңа әлип қурып, хатты сулыптап, ... (И.Юсупов).
3. Хатқа жазылған мәтин.
Хат мәтини.
Хат жазу.
4. Қандай да бир нәрсеге жазылған, сызылған не ойылған белгилер, жазу не мәтин.
Шағырлар қалам алғалы, Хатқа тура салған емес (Бердақ).
5. Қандай да бир хабар, мәлимет не әр қандай мәтин жазылған қағаз.
Төртиншиден зүрият қалды, Жазылған шежире хат қалды, ... (Бердақ).
6. Жазу үшин пайдаланылатын графикалық белгилер, әриптер жүйеси, графика.
7. Әриптерди жазудағы өзине тән әдис, жазу түри, көринис.
Сулып жазылған хат.
8. Жазудағы әрбир жол.
9. Сызық, жол.
10. Бир нәрсени жазба түрде көрсету, тизимге алу, тизим.
Хатқа алу.
Хатқа түсиру.
Жасырып қойған болмасын, Хатталмай нәрсе қалмасын, Бәрин хатқа сал, деди («Қобылан»).
11. Ресми қағаз, қужат.
Мен бунан алдынғы истеген мекемемде директорға наразы болып, район әкимшилигине хат жазған едим (М.Нызанов).
12. Буйрық, пәрмен, көрсетпе.
Екиси саўдагер болды, Ханнан жығалы хат алды,... (Бердақ).
Қәленлер үшин жораларының гәпи хатпен қалам етти (А.Султанов).
13. аўыс. Таза, пәк, кирсиз.
Хат түспеген қағаздайын ақ едим, Жигиттиктиң күнәсинен пәк едим (И.Юсупов).
0 Тил хат — сеним, куәнама.
Хат-хабар — әдетте белгиленген жерге жазба түрдеги не аўызеки хабардың бәрин жинақтаў түринде билдиретин жуп сөз.
Умытпаймын — деди ол — Хат-хабарсыз кетсең де (Б.Қайыпназаров).
Хат-саўат — хатты жазатын, оқи алатын саўаттылық.
Талақ хат — тар.с. Ерли-зайыптылардың бир-биринен ажырасыўы туўралы ресми қағаз, қужат.