ХАЛАҚА
Қарақалпақша
ат. Басқа оралған материалдың төмен қарай артқа салбыраған бир ушы.
Халақасын узын таслап, Пес қылықты өзи услап (ққ.х.қ.).
Өзине пардоз берип, узақ жолларды баслап, халақаны да узын таслап, хасыл затларды тағынып, сыртынан бир астарсыз шапанды да жамылып, хеш кимге көринбей хәм билдирмей Қоблан отырған жерге жүрис қылады («Қоблан»).