УЗАҚ
Қарақалпақша
р. 1. Алыс, қашық.
Теңизде жүрген балықшылар күтә узаққа кетипти (К.Султанов).
2. Бирталай, бирқанша, кәң, көп.
Буннан кейин көрпеге екэўи де кирип узақ ўақыт сөйлести (Т.Қайыпбергенов).
0 Узақ жаса — өмириң узақ болсын.
Узақ жаса, бахытлы бол қызым деп, Көрдим халықтың гүўлеп шаппат қағысын (К.Султанов).
Узақ сапарға шығыў — алыс жолға шығыў.
Ағаш устасы, зергер, молла үшеўи узақ сапарға шығыпты (Қ.Айымбетов).
Узаққа созылыў — көпке даўам етиў, таўсылмаў.
Отырыспа узаққа созылды (Қ.Айымбетов).
Өмири узақ болмаў — көп жасамаў, өмири қысқа болыў.
Бийшараның өмири узақ болмады (А.Дабылов).