⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЫРНАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Аяқ, қолдың башпайындағы өсип, жетилип туратуғын сүйек қусаған қатты зат. Үш күнде бир рет моншаға салды. Шаштаразлар шашын, тырнағын алды (А.Дабылов). Түрпидей тырнайды ҳәр бир тырнағы, Мазанларан бәлесине усайсаң (С.Нурымбетов). 2. Жайдың пақсасының ең астынғы қабаты, тырнақ, фундамент. 0 Тырнағына да турмайды — тең емес, миясар емес. Жаны тырнағының ушына келди — жаны қысылды. Әжел тырнағынан қутылды — өлимнен аман қалды. Тырнақ астынан кир излеў. Тырнаққа зар болыў. Тырнағын батырыў. Тырнағына турмаў. Тырнағына арзымаў. Тырнағы батыў. Тыр жалаңаш.
ф. Бир затты тырнақты батырып из қалдырыў яки бир заттың екиншисин жырып кетиўи. Ийнинде күнлик шапаны, Пақалға тырналып саны (Күнхожа).