ТУС
Қарақалпақша
ат. 1. Қарама-қарсы жақ, қатары, тәреп.
Айтбайдың үйи жаңылмасам усы туста болыўы керек.
2. Заманында, дәўиринде, мөҳәлинде, ўақтында.
Қарақалпақ әдебий тили кеңес хүкиметиниң тусында ғана қәлиплести ҳәм кең кулаш жайды.
3. Жән-жаққа, ҳәр жаққа, ҳәр тәрепке, бағдарға.
Оқыў тоқтаған соң оқыўшылар тус-тусына тарап кетти.