ТОҒАНАҚ
Қарақалпақша
ат. Затларды байлаў, буўыў ушын арқанның бир ушына бекитилген ағаштан иеленген аша ағаш.
Және бир ушын арқанның, тоғанақтан өткерип, сырлатып тартып алады («Ер Зийўар»).
0 Тоғанақ салыў — гүресте иштен илиў, шалыў.
Арыслан барып тығылды, Жүн шығып кеткен омыраўға, Тоғанақ салды ишинен (Д.Дабылов).
Тоғанақ салыў, ф.