ТОРАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Айранды сүзбе қалтаға қойыўландырып, қайнатып кептирип тулыпқа салып иеленген аўқат, тағамның түри.
Бул ийт урлық қылар жақын-жырақтан, Кимди айырар майдан, кимди торақтан (Әжинияз).
2. аўыс. Таздың қотыры, таз бастың қайызғағы.
Ата-анасы өлип қалып жасынан, Таз басып торағы ағып басынан, Жай таба алмай жүрген мынаў шопанлар (Күнхожа).