ТИЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир заттың екинши бир затқа тирелиўи, соқлығыўы.
Кескир қылыштың бир жүзи болмаса бир жүзи менен тийип кетеди (К.Султанов).
2. Биреўге урысыў, урыныў, топылыс жасаў.
Қаттырақ сөйлесем, болыстың кеўлине тийип аларман, — деп ойлап қойды ол (К.Ирманов).
Көтерилисшилер оннан Хийўа ханы ҳәм яўмытлардың пуқаралардың намысына тийиўине шек қойыўын ҳәм бийбастақлықты тоқтатыўын талап етти (А.Султанов).
3. Биреўден бир затты алыў, қолға түсириў.
Базар тарқағаннан кейин бирнеше деңгенешилер бир қашарды ортаға алып, қоллары қызылға тийип қумбыл болып атырған еди (Қ.Айымбетов).
Күйеўге, ерге тийиў, турмысқа шығыў.
Тәртип бойынша ерге тийиўди өзим де билемен (ққ.х.е.).
Әке-шешем бас болып, зорлап берди, мен көндим, тийдим (А.Бекимбетов).