⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИГИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жип сабақданған ийне менен кийим тағы басқа затты бириктириў, жыртықты, тесикти жамаў, улыўма затларды тигиў. Мен келгенде Мийирхан кесте тигип отыр екен (Ө.Хожаниязов). 2. Үй, шатыр т.б. затты көтериў, қондырыў. Қайып өз алдына шаңырақ болғалы үйин Қосыбайға иргелес тигип киятыр (К.Султанов). 3. Қандай да бир өсимликлерди, нәллерди отырғызыў, шаншыў. Нурбаев қула дүзден жаңа жер ашып, оған мийўалы ағаштардың нәллерин тигипти (А.Бекимбетов). 0 Көз тигиў — кеўил аўдарыў, көз салыў, қараў, күтиў. Еки көзин тигип жолға, Рульди нық тутып қолға (И.Юсупов). Қулағын тигиў — дыққат пенен тыңлаў. Қулағын тигип аўзын ашып керилип, гүлдир-гүлдир киснеди («Мәспатша»). Бас тигиў — басты өлимге байлаў, жолына қурбан болыў. Басты тигип жолыңа, жүрмен «олла» ырасым (А.Бегимов). Қастың тигиў — ашыўланыў ғәзеп пенен қараў. Қастың тигип, қәҳәрленип, Қасарысып, байың ойран салыпты (К.Султанов).