⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕнлер

Қарақалпақша

I ат. Тиккелей паровозға тиркелетин, суў яки жанылғы қалдықлары, майлаў-тазалаў затлары сақланатын арнаўлы вагон. Жарқын қолына майлы шүберек алып, котел менен тенлерди жарқыратып тазалады (Н.Ғабдуллин).
II ат. 1. Ол яки бул хызметлерди орынлайтын, арнаўлы жойлар ушин үскене әм материаллар жеткирип беретин фирма яки компанияны анықлаў мақсетинде дағаза етилген танлаў. 2. Ашық түрдеги яки шектенген сандағы қатнасыўшылар ушын жабық түрдеги конкуренциялы саўда-сатық; буйыртпаны жайластырыўдың танлаў формасы. Ашық тенлер. Жабық тенлер. Мәмлекеттик мүлкти сатыўда тенлер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекеттик комиссияның қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын (Интернет мағлыўматлары). 3. Халықаралық базарда машина-үскенелер саўда ислеў, қурылыс-монтаж жумысларын орынлаў, инженерлик хызметлер көрсетиў ушын танлаў тийкарында буйыртпалар бериў.