⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАҢЛАЙ

Қарақалпақша

ат. Аўыз қуўысының үстинги тиске шекемги аралығы. Нур дарытып маңдайына, Суў дарытып таңлайына (И.Юсупов). 0 Таңлайы кебиў — шөллеў, суўсыраў. Хийўа ханның әскери, Бети қара ләшкери, Ишерине суў таппай, Таңлайы кеўип сорласын (Бердақ). Таңлайы тақылдаў — таңданыў, хайран қалыў. Жолланарда талайлар таңлайын тақылдатып айтысса да, есапласарда қарызлар болып қутылған (Ш.Сейтов). Таңлайына бериў — а) шешенлик. б) Көп сөйлейтуғын, быжық. Тоқтат таңлайына берген, сен көпш иликтиң алдында кимниң абырайын төгесең (А.Бекимбетов). Таңлайын қағыў — таңланыў, ҳайран қалыў. Таңдайында татыў — мазалы. Оксананың таңдайында татып, уўыз ийип куртқан тағам бул! (М.Нызанов). Тили таңлайына жабысыў — ғәзеп, қорқыў.