⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАЯҚ

Қарақалпақша

ат. Қурал орнына пайдаланылатуғын ҳәм де жүриў ушын қолға услайтуғын агаш, ҳаса. Мал бақтың қолында қайқы таяғың, Тилинип қырқ жарық болып аяғың (А.Дабылов). Қыйсық таяғымды қолыма алдым (Ж.Аймурзаев). Ким бел, ким балта менен, ким жаба, ким шоқмар, таяқ пенен жалпыламай жаўға шықты (Т.Қайыпбергенов). Сөз сүйектен, таяқ еттен өтер (ққ.х.н.). 0 Таяқ жеў — сабалыў, сабаўға ушыраў. Ҳүрметли қайнағасынан таяқ жеў жаман екен (А.Дабылов). Таяққа жығылыў — таяқ жеў, соққыға ушыраў. Қосмағанбет таяққа жығылып атынан қулады (Ө.Хошимов). Таяқ тийиў — соққы жеў, сөғис еситиў. Таяғын ийт ғайзаў — жумыссыз. Өзи де қатардан қалып таяғын ийт ғайзағандай болып жүрип еди («Алпамыс»). Таяқ таслам жер — жақын аралық, арасы таяқтың узынлығы қурақым жер. Таяқ тасламда шонтаңлап баратырған ийт артына қарап турды да қасына келип шоңқайды (Ш.Сейтов).