⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАТЫЎ II

Қарақалпақша

кел. Сыйласықлы, араз емес, хүрметли, иззетли, кеўили жақын. Ағайын татыў болса, ат көп, Абысын татыў болса, ас көп (ққ.х.н.). Тоқшылық пенен жоқшылықтың парқы сонда — жоқшылықта адам баласы бир-бирине мүтәж, бир-бири менен татыў болады екен дә, тоқшылықта ҳәмме нәрсе ағыл-теғил, биреўге биреўдин иси түспейди (М.Нызанов). Мен үш жылдан бери кекселиктиң гәштин сүрип атырғанымды, көшемиз абаданласып атырғанын, ул-қызларым жумыс пенен тәм ийинленгенин, шаңарағымыз бенен оғада татыў жасайтуғынымызды аўыз толтырып айттым (М.Нызанов).